Студентлердиң билим алыӯында көшпели сабақтың қаншелли әҳмийети бар?

Тарийх ҳәм ҳуқық факультети Археология кафедрасы профессор-оқытыӯшылары археологиялық табылмалар ҳәм этнографиялық мәдений мийрасларымыздың тарийхымыз ҳаққында қаншелли дәрежеде әҳмийетке ийе екенлигин көрсетиӯ мақсетинде реже тийкарында «Дәӯирлер менен жүзлескенде» атамасында республикамыздағы И.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейинде көшпели сабақ шөлкемлестирди.

Көшпели сабақтың әҳмийети соннан ибарат, миллетимиздиң қаншелли бай тарийхқа ийе екенлигин студент-жасларымызға түсиндириў, оларда Ўатанға мухаббет, өз елине болган мақтаныш сезимлерин күшейтиўден ибарат.

Илаж шөлкемлескенлик жағдайында өткерилип, қатнасыўшыларда жақсы тәсирлер қалдырды.

И.Елмуратов,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер