Ҳәр жылы 3-май – Дүнья жүзилик баспасөз еркинлиги күни мүнәсибети менен елимиздеги белсенди журналистлерге берилетуғын «Алтын қәлем» миллий сыйлығына быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасынан кимлерге берилди?
Қарақалпақ интернет журналистикасында өзине тән орны бар, KRuz.uz сайтының тийкарын салыўшысы, марҳум журналист Фурқат Юсуповқа усы сыйлық берилетуғынлығы ҳаққында алдын хабар берген едик. Сыйлық оның ата-анасына тапсырылды.
Интернет журналистикасында өз орнына ҳәм сөзине ийе болып, халық арасында абыройға ийе болып киятырған Kar24.uz сайтының тийкарын салыўшысы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика кафедрасы оқытыўшысы Қумар Бегниязова, сондай-ақ, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы «Қарақалпақстан» телеканалы «Хабар» мәлимлеме-таллаў бағдарламалары бас редакциясы быйылғы жылғы «Алтын қәлем» миллий сыйлығының лауреатлары деп табылды.
Сыйлықлаў салтанаты 3-май күни саат 16:00 де Ташкент қаласындағы «Туркистон» сарайында болып өтти.
Ислам Матеков.