Усы жылдың 27-апрель күни Социал-экономикалық факультети Экономикалық теория кафедрасының профессор-оқытыўшылары Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 9-ноябрь күнги 917-санлы буйрығы талапларын орынлаў мақсетинде Мойнақ районы 2- 5-санлы улыўма билим бериў мектеплери ҳәм 1 ИДУМ да илажлар шөлкемлестирди.
Илаж даўамында Экономикалық теория кафедрасының баслығы Г.Утемуратова “Мектеплерде экономикалық пәнлерди үйретиўдиң инновациялық усыллары” атамасында семинар шөлкемлестирди.
Семинар мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшы-жасларының өз ара пикир алмасыўлары менен даўам етти.
Б.Сарсенбаев,
Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.
