Вебинар шөлкемлестирилди

Усы жылдың 30-апрель күни университетимиздиң Мәлимлеме-ресурс орайында Ҳиндистанның Орайлық Илимий Қурылмалар Шөлкеми менен биргеликте вебинар шөлкемлестирилди.

Өткерилген вебинарда «Халықаралық оптиклер ҳәм фотониклер жәмийети»ниң Чандигар қаласы Орайлық илимий изертлеў қурылмалары шөлкеми студентлер ағзалық Аўқамы президенти PhD Пужа Гупта ҳәм усы шөлкемниң илимий изертлеўшиси Умеш Кумар Гиварилер «Халықаралық оптиклер ҳәм Фотониклер жәмийети ҳәм оның Чандигар қаласындағы студентлер ағзалық аўқамы» атамасында онлайн презентациялар иследи. Олар жәмийет тәрепинен ҳәр жылы турақлы түрде ажыратылатуғын грантлар, электрон китапханалары ҳаққында мағлыўматлар берип, илимий изертлеў менен шуғылланыўды мақсет еткен жас илимпазлар ҳәм  илимий қәнигелер ушын жәмийет тәрепинен ағзалықтан соң берилетуғын жеңилликлерге тоқтап өтти. Бул жәмийеттиң Студентлер ағзалық Аўқамын ашыў бойынша түсиниклер берди.

Вебинарға Университеттиң Халықаралық бирге ислесиў бөлими хызметкерлери, Химия-технология факультети деканы Б.Нурымбетов, факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары белсене қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Илаж жуўмағында ҳиндистанлы илимий қәнигелерге ҚМУ ректоры атынан миннетдаршылық билдирилип, сертификатлар тапсырылды.

Халықаралық байланыслар бөлими.

Пайдалы дереклер