Шымбайда халық ушын,
Қосық жазып жүрген бала,
Мине бүгин тоқсан жасың,
Қутлы болсын әзиз баба.
Ибрайым десе халық оны,
Ағам – иним десер еди,
Ибрайым аға қосықлары,
Жер жәҳәнди гезер еди.
Ол қосықты жазғанында,
Мәни берип сөзлерине,
Оқып көрсең тәсирленип,
Жас келеди көзлериңе.
Қуўанаман ҳәммеден де,
Ибрайым атам болғанына,
Жолын берсин деп жүремен,
Қосық жазып халқым ушын.
Өмирбай Бектурсынов,
Химия – технология факультетиниң студенти.