Жақында қарақалпақ филологиясы факультетинде факультетлер аралық шет тиллери кафедрасы ҳәм Қарақалпақ филологиясы факультетиниң ҳаял-қызлар шөлкеми менен биргеликте «Ерте турмыс қурыўдың алдын алыў» атамасында кеше шөлкемлестирилди.
Оған факультеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-қызлар қатнасты.
Кешени қарақалпақ филологиясы факультетиниң доценти Г.Айназарова алып барды. Ол ҳәзирги ўақытта студент-жаслар арасында саламат турмыс тәризи ҳәм руўхый әдеп-икрамлылық тәрбия орталығын қәлиплестириў әҳмийетли ўазыйпа екенлигин айтып өтти.
Сондай-ақ, илажда пайтахтымыздағы 2-санлы шанарақ поликлиникасы ҳаял-қызлар мәсләҳәтханасы шыпакери, акушер-гинеколог А.Жийемуратова шығып сөйлеп, ҳәр бир қыз бала келешекте болажақ ана, соның ушын да, ҳәр қандай кеселликлердиң алдын алыўы, ҳәмиледар келиншеклердиң өз ўақтында медициналық көриклерден өтиўи кереклиги ҳаққында толық мағлыўматлар берип өтти. Және де, усы шанарақ поликлиникасының шыпакери Г.Төлепова да шығып сөйлеп, қызларды турмысқа таярлаўда көбирек олардың саламатлығына итибар бериў кереклигин айтып өтти.
Кешеге қатнасқан студент-қызлар өзлерин қызықтырған сораўларына тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.
Ж.Таспанова,
Факультетлер аралық шет тиллери кафедрасының оқытыўшысы.
