Жас тилшилердиң жетискенликлери

Университетте «Young Linguists club»тың нәўбеттеги жыйналысы болып өтти.

Оған Бишкек қаласында болып өткен «Regional Spelling Bee» танлаўына қатнасыў бахтына миясар болған университеттиң еки студенти Қ.Джумамуратов ҳәм А.Ерназаровалар қатнасты. Жыйналыста танлаў қатнасыўшылары өзлериниң тәсирлери ҳәм тәжирийбелери менен бөлисти.

Кеше соңында Қ.Джумамуратов тез күнлерде «Spelling Bee» бойынша шеберлик сабағы өткерилиўи ҳаққында мағлыўмат берди.

Бул мастер-класс қатнасыўшылары «Spelling Bee» танлаўы ҳаққында кең ҳәм толық мағлыўматлар алыўы мүмкин.  Сонлықтан да, мастер-классқа барлық қызығыўшыларды мирәт етемиз.

 

Г. Нажимова,

Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы окытыўшысы.

 

Пайдалы дереклер