Қосықлар жазылар жақсылар ушын

профессор А. Бекбергеновтың 80 жыллығына

 Қосықлар жазылар жақсылар ушын,

Ҳадал мийнет еткен ҳақ инсан ушын.

Сизде сондай үллы алым болғансыз,

Жақсылық ойлайтын басқалар ушын.

 

Кимгедур узынырақ, кимгедур келте,

Өмирде боларсаң талайрет делбе.

Алланың есабы жаңылмас дейди,

Бирақ сиз кеткенсиз әлемнен ерте.

 

Тулғаңыз санада турар көлденең,

Кеткен болсаңыз да дымда ертеден.

Жазымыштан озымыш болмайды екен,

Жүрим Алладанғой, жасаў бендеден.

 

Биз сизди ушыратып көрмеген әўлад,

Сизди көргенлердиң көзин көргенбиз.

Сиздеги уллылық, ақыл ҳәм саўлат,

Өткен инсанлардың өзин көргенбиз.

 

Сизге қосық арнап айтқызар болсақ,

Бәрше мийнетиңиз сыймайды сөзге.

Қуралбай ағадан дуўалар алсақ,

Қол жайып турғандай боларсыз бизге.

 

Сиз еккен дарақлар бүгин бағ болған,

«Филология» деген елде де.

Руўхыңыз  санамыздың төринде,

Айдай жарық болып турғай мәңгиге.

 

 

Базарбай Жолдасбаев,

Қарақалпақ филологиясы факультети 3гтопарының студенти.

Пайдалы дереклер