#Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни Байрамға бағышланған ушырасыў

9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў» байрамы алдынан университетимиздиң Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы профессор-окытыўшылары 1980-жылдағы Аўған саўашы жаўынгерлери (ветеранлары) Жумабай Кунназаров, Жумағалий Султанов, Абат Сейдалиев  ҳәм Зинатдин Сағындыковлар менен Химия-технология факультетиниң 2-курс студентлери  арасында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыў даўамында студент-жаслар ата-бабаларымыздың мәртликлери ҳаққында көп ғана мағлыўматларға ийе болды.

Әлбетте, бундай ушырасыўлар жасларымызда Ўатанға садықлық, туўылған жерге деген мақтаныш сезимлерин еле де арттырады.

Д.Кубейсинова,

Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының баслығы.

Пайдалы дереклер