9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў» байрамы алдынан университетимиздиң Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы профессор-окытыўшылары 1980-жылдағы Аўған саўашы жаўынгерлери (ветеранлары) Жумабай Кунназаров, Жумағалий Султанов, Абат Сейдалиев ҳәм Зинатдин Сағындыковлар менен Химия-технология факультетиниң 2-курс студентлери арасында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыў даўамында студент-жаслар ата-бабаларымыздың мәртликлери ҳаққында көп ғана мағлыўматларға ийе болды.
Әлбетте, бундай ушырасыўлар жасларымызда Ўатанға садықлық, туўылған жерге деген мақтаныш сезимлерин еле де арттырады.
Д.Кубейсинова,
Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының баслығы.
