5-май – Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық шайыры, Өзбекстан қаҳарманы И.Юсуповтың, 7-май – Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық жазыўшысы, Өзбекстан қаҳарманы Т. Қайыпбергеновтың туўылған күни. Бул сәнелер быйыл республикамызда көтериңки руўхта өткерилип атыр. Соның ишинде, университетимизде де бул қос байрам ҳәр бир факультетте, ҳәр бир аудиторияда өткерилмекте. Мине, усындай байрам кешелериниң бири 7-май күни Қарақалпақ филологиясы факультети, қарақалпақ тили тәлим бағдары 2-б курс студентлери тәрепинен «Әдебиятымыздың қос байтереги» атамасында шөлкемлестирилди. Әдебий кешени қарақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы, ф.и.к, доцент А.Досымбетова ашып берди. Сондай-ақ, факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов ҳәм қарақалпақ әдебияты кафедрасы оқытыўшысы, ф.и.к, доцент Ж.Сагидуллаева шығып сөйлеп, бул қос байрам менен жыйналғанларды қутлықлап, қос байтеректиң қарақалпақ әдебиятында тутқан орны, халқымыздың сүйикли перзентлери екенлигин айтып өтти.
Әдебий кеше даўамында 2-б курс студентлери тәрепинен таярланған шайырдың қосықларынан көркем оқыўлар, жазыўшының шығармалары тийкарында исленген сахналық көринислер қойылып, қарақалпақтың ала мойнақ дуўтарында қосықлар жаңлады.
А.Нуржанов,
Қарақалпақ филологиясы факультети 2-б топар студенти
