Жақында Бердақ атындағы ҚМУдың мәденият сарайында «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети ҳәм UNICEF шөлкеми тәрепинен «Мәҳәллеңиз яки қалаңыздағы жаслар турмысын жақсылаў бойынша өз идеяңыз ҳәм усынысыңызды билдирмекшимисиз?» сораўына «Жаслардың даўысы әҳмийетли» жойбары шеңберинде илаж болып өтти.
Илажды университеттиң Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов алып барды.
Оған университет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Өткерилген илажда «U-report» ўәкиллери сөзге шығып, жаслардың бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға белсене қатнасыўы, ҳәр бириниң даўысы әҳмийетли екенлиги жөнинде кең түрде мағлыўматлар берип өтти.
– Бүгинги күнде жаслардың ҳәкимият органлары менен байланысын күшейтиў ҳәм жәмийеттиң раўажланыўындағы алдынғы идеялар ҳәм жобаларын лаўазымлы шахсларға жеткерип бериў – әҳмийетли мәселелерден саналады. Усылай екен, өткерилип атырған бундай илажлар ҳәкимият органлары ҳәм жаслар арасында өзине тән көпир ўазыйпасын атқарыўына исенемен,-дейди илаж қатнасыўшысы А.Жийенбаева.
Илаж өз-ара пикир алысыўлар менен даўам етти.
Ж.Искендеров,
Журналистика қәнигелигиниң студенти.
