#Спорт_айлығы  Баскетбол бойынша факультет бириншилиги

Май айы – «Спорт айлығы» деп жәриялаўы мүнәсебети менен усы жылдың 3-5-май күнлери аралығында спорттың баскетбол түри бойынша қызлар арасында университеттиң Дене мәденияты факультети бириншилиги болып өтти. Оған жәми 50 ден артық студент-қызлар өз-ара беллести.

Жарыс жуўмағында 1-орынды 3б ҳаял-қызлар спорты қәнигелигиниң командасы, 2-орынды 4в ҳаял-қызлар спорты қәнигелигиниң командасы, 3- орынды 2б ҳаял-қызлар спорты қәнигелигиниң командалары жеңип алды.

Жеңимпаз командалар университет спорт клубы тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Н.Джанходжаев,

Факультеттиң Жаслар менен ислесия бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер