Медицина тараўында, әсиресе, соңғы жылларда жаңа өзгерислер әмелге асырылмақта. Мысалы, халқымыздың жасаў шараятының өзгериўи, медициналық мәдениятының, саўатлылығының артыўы – булардың ҳәммеси тараўдағы әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси есапланады.
12-май – «Халықаралық мийирбийкелер күни» мүнәсибети менен университетимизде жумыс алып барып атырған денсаўлық сақшыларын университет басшылығы байрам менен қутлықлады.
Илажда университеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры О.Дуйсенбаев, университет Ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы И.Сейтназаровалар университет мийирбийкелери Ф.Рахова, Н.Қудайбергенова ҳәм Г.Уразымбетоваларды байрам менен қутлықлап, оларға баҳалы саўғалар тапсырды.
Баспасөз хызмети.