#Көшпели_сабақ  Ақаба суўларды тазалаў

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети инженерлик коммуникациялар қурылысы ҳәм автомобиль жоллары ҳәм аэродромлар тәлим бағдарының 3-курс студентлерине гезектеги көшпели сабақ Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министрлигинде өткерилди.

Оны инженерлик коммуникациялар қурылысы кафедрасының доценти Д.Жумамуратов студентлерге ақаба суўларды ағызыў системалары пәнинен «Ақаба суўларды тазалаў» темасында өткерди.

Бундай көшпели сабақларды өтиўден гөзленген мақсет – ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2019-жыл 19-мартта болып өткен видеоселектор мәжлисиниң 12-санлы баянламасы 10-бантинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Жоқары оқыў орынларында тарийх, архитектура, қурылыс ҳәм дене мәденияты бойынша әмелий сабақларды темаларға сай рәўиште тийисли орынларда өткериўден ибарат. 

С.Нурниязов,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер