#Пән_олимпиадасы_республика_басқышы  Жеңимпазлар саны артпақта…

Ҳәзирги күнде елимизде ҳәр бир инсанның қәбилети ҳәм қызығыўшылығын жүзеге шығарыўға қаратылған билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте. Жаслар өзлери таңлаған жөнелислери бойынша көплеп жетискенликлерге ериспекте, жәмийетимиз раўажланыўына салмақлы үлес қоспақта.

Бүгин университетимиздиң Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы кафедрасының 4-курс имаратлар ҳәм иншаатлар бакалавр бағдары студенти Шерзод Нуриметов “Темирбетон конструкциялари” пәнинен пән олимпиадасының Өзбекстан Республикалық басқышында сыйлықлы III орын жеңимпазы болды деген хош хабар келди.

Биз де өз гезегинде Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы кафедрасының 4-курс студенти Шерзод Нуриметовты ҳәм оның илимий басшысы кафедраның үлкен оқытыўшысы Ахмет Алламбергеновларды ерискен табыслары менен қутлықлап, алдағы оқыўларында ҳәм илимий жумысларында табыслар тилеп қаламыз.

Г.Утегенова,

Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы кафедрасының баслығы.

 

Пайдалы дереклер