#Көшпели_сабақ  Архитектуралық композиция ҳәм жойбарлаў тийкарлары

Усы жылдың 16-май сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети архитектура тәлим бағдарының 1-курс студентлерине гезектеги көшпели сабақ «ККгорсельпроект Архторус» ЖШЖде болып өтти.

Оны архитектура ҳәм қала қурылысы кафедрасының оқытыўшысы А.Қалқоразов студентлерге «Архитектуралық композиция ҳәм жойбарлаў тийкарлары» пәнинен өткерди.

Бундай көшпели сабақларды өтиўден гөзленген мақсет – ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2019-жыл 19-мартта болып өткен видеоселектор мәжлисиниң 12-санлы баянламасы 10-бантинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Жоқары оқыў орынларында тарийх, архитектура, қурылыс ҳәм дене мәденияты бойынша әмелий сабақларды темаларға сай рәўиште тийисли орынларда өткериўден ибарат.

С.Нурниязов,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер