Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Техника факультети 4А Қала қурылысы ҳәм хожалығы қәнигелигиниң студентлери Раметуллаева Гумисай, Сапашев Ринат ҳәм де кураторы Наджибулла Калиев басшылығында Өзбекстан Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен жәрияланған, яғный республикамызда белсендилик көрсетип атырған көплеген исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр жылы Президент саўғасы ушын шөлкемлестирилетуғын «Ташшабус-2019» таңлаўының Нөкис қалалық басқышы шөлкемлестирилди.
Таңлаўға университетимиз атынан оқытыўшы ҳәм белсенди студентлер қатнасып, таңлаўдың сыйлы 1-2-3-орынларына ылайық деп табылды. Атап айтқанда, студент Ринат Сапашев «Ең жас исбилермен» номинациясында сыйлы 3-орынды, студент Гумисай Раметуллаева «Ең жас өнермент» номинациясында сыйлы 2-орынды, ал, топар басшысы Наджибулла Калиев өзиниң илимий жаңалығын қоллап-қуўатлаўшы қәўендер кәрханасы «Нөкис алға қурылыс монтаж» ЖШЖти менен республикамыз қала ҳәм аўыл турғынларына сапалы ыссытыў қазанларын ислеп шығарыўшы өнимлери бойынша «Ислеп шығарыўшы санаат» тараўындағы «Жылдың ең жақсы исбилермени» номинациясында сыйлы 1-орын ийеледи.
Жеңимпаз болған университетимиздиң оқытыўшысы ҳәм студентлеримизди ерискен табыслары менен қутлықлап, алдағы жарысларында табыслар тилеймиз.
С.Нурниязов,
Факультеттиң Жаслар менен бирге
ислесиў бойынша декан орынбасары.
