Тил билими ҳәм шет тиллерди оқытыўдың әҳмийетли мәселелери

Бүгинги күнде елимиздиң билимлендириў мәкемелеринде шет тиллерин үйрениў – мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, ҳәзирги ўақытта жаслардың шет тиллерин үйрениўге бол­ған ықласы бар­ған са­йын артып бармақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 10-декабрьдеги «Шет тиллерди үйрениў системасын буннан былайда жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары  тийкарында  мәмлекетимизде оқыўшы-жаслардың шет тиллерин тереңнен үйрениўи ушын  барлық қолайлы шараятлар жаратып берилди.

Соның менен бирге, сырт мәмлекетлер менен шерикликте жаңа институтлар шөлкемлестирилип, бул оқыў орынларында жаслар өзлериниң қәлеген тараўлары бойынша халықаралық стандартлар дәрежесинде билим алып, маман қәниге болып жетилиспекте.

Усы жылдың 20-май сәнесинде Бердақ миллий музейинде «Тил билими ҳәм шет тиллерди оқытыўдың әҳмийетли мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция шөлкемлестирилди.

Әнжуманды Шет тиллери факультетиниң деканы Дж.Қурбанбаев басқарып барды.

Онда университеттиң илимий бөлиминиң баслығы К.Алланазаров, ӨзМЖТУ кафедра баслығы, филология илимлериниң докторы Х.Палўанова ҳәм басқалар өз баянатлары менен қатнасты.

Баянатшылардың атап өткениндей, бүгин университетимизде студент-жасларымыз шет тиллеринен рус, инглис, немец ҳәм кореец тиллеринде билим алып келмекте. Бул жолдағы жумысларымыздың даўамы сыпатында келеси оқыў жылынан баслап екинши шет тили сыпатында япон ҳәм қытай тиллеринде оқытыўды жолға қойыўды режелестирмекте.

Сондай ақ, студентлеримизден Виктория Жалғасбаева 2017-2018-оқыў жылында Германияның Аахен университетинде бир айлық жазғы курста билимин жетилистирип келген болса, ал, 2018 -2019 оқыў жылында студентлермиз Айдын Сәрсенбаева Германияның Гамбург каласында ҳәм Огулнур Атаева Триер каласында бир ай даўамында өз сөйлеў әмелиятларын арттырып қайты.

Және де, жақында ғана “Эл-юрт умиди” фонды жеңимпазлары болған Шет тиллери факультетиниң оқытыўшыларынан Дж.Қурбанбаев, Ж.Сейтжанов, Р.Елмуратов, З.Худайбергенова ҳәм Ю.Мамутовалар Англияға барып, өзлериниң педагогикалық ис-тәжирийбелерин жетилистирип қайтыў алдында тур.

Халқымызда тил билген – ел биледи, деген даналық гәп бар. Солай екен, дәўирлер алмасып, заманымыз алға раўажланған сайын тил билген инсанның қайсы бир тараўда ислемесин асығы алшы боларын, ўақыттың өзи дәлиллеп тур. Өйткени, тил үйренгенниң дүнья танымы кең, сана-сезими жоқары, қулласы ел таныўға мүмкиншилиги оғада көп. Сонлықтан да, бүгинги күнде мәмлекетимизде шет тиллерин, әсиресе, инглис тилин оқытыў бойынша заманагөй жантасыў, жаңаша методларды әмелде қоллаў тараў қәнигелери алдында турған актуал мәселелерден бири саналады ҳәм бүгинги өткерилип атырған республикалық илимий-әмелий конференциямыз усындай мәселелердиң унамлы шешилиўинде өзиниң нәтийжесин беретуғынлығына исенемиз.

Конференция секцияларға бөлинген ҳалда өз жумысын даўам етти.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер