Ҳүрметли Президентимиз жасларымызды китап оқыўға қызықтырыў бойынша: «Жаслардыӊ китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў, оларды китап пенен дос етиў, бәршениӊ китап оқыў дәрежесин жоқарылатыўға үлкен итибар қаратыў керек», деген еди.
Президентимиздиң усындай китапқумарлыққа бағышланған ийгиликли басламасы келешегимиз болған жаслардыӊ китапқа деген қызығыўшылығын арттырып, олардың руўхый дүньясын байытыўда өзиниӊ нәтийжесин көрсетип, жаслардыӊ әдебий китапқа деген, әдебиятқа деген қызығыўшылығын арттырмақта.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент-жаслары арасында китапқумарлықты раўажландырыў бойынша да бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте.
Усындай илажлардың бири жақында И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп интернатында болып өтти.
Университетимиздиң Техника факультети 1-курс өзбек топары студентлери ҳәм топар басшысы Р.Пахратдинова, сондай-ақ, факультет оқытыўшысы Р.Мадаминовалар И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп интернатының жатақхана китапханасы фондына ҳәр қыйлы атамадағы көркем-әдебий китаплар саўға етти.
Илажда мектеп директоры Ф.Палымов университет ҳәм факультет жәмәәтине, сондай-ақ, студент-жасларға өз миннетдаршылығын билдирип өтти.
Илаж барысында университет студентлери ҳәм мектеп оқыўшылары арасында оқыған китаплары бойынша киши сәўбет шөлкемлестирилди ҳәм сәўбет даўамында мектеп оқыўшылары келген мийманлардан өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Илаж соңында мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берди.
Х.Атажанова,
Техника факультетиниң 1-курс студенти.
