Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх ҳәм ҳуқық факультети юриспруденция бакалавр тәлим бағдарыныӊ 2-курс студентлерине «Жынаят орынлаў ҳуқықы» пәни Ҳуқықтаныў кафедрасының доценти С.Утемуратова тәрепинен алып барылмақта. Сабақ барысында студентлерге жынаят ушын берилетуғын жазалардыӊ өтелиўи теориялық жақтан үйретиледи.
Мәмлектимизде жазаны орынлаў системасын жетилистириў, судланған шахслардыӊ ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниӊ қорғалыўын тәмийинлеў, қайта жынаят ислеўдиӊ алдын алыў мақсетинде олардыӊ минез-қулқын дүзетиў бойынша тәрбиялық ислердиӊ нәтийжелилигин арттырыў бойынша комплекс ис-илажлар әмелге асырылмақта.
Соныӊ менен бирге, жынаят-орынлаў әмелиятын үйрениў нәтийжелери судланған шахслардыӊ ҳуқықларына әмел етиў, олардың қәдир-қымбатыныӊ ҳүрмет етилиўин тәмийинлеў, келешекте жәмийетте социаллық ийкемлестириў ушын минез-қулқын тәрбиялаў ҳәм мийнетке үйретиўдиӊ және де нәтийжели ҳуқықый механизмлерин енгизиў зәрүрлигинен дерек бермекте.
Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен 2018-жылы 7-ноябрь сәнесинде «Жынаят-орынлаў нызамшылығын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Бул қарар тийкарында 2019-жыл 1-январьдан баслап, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бас басқармасыныӊ Еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазаларды орынлаўды бақлаў басқармасы ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлери тийкарында министрликтиӊ Жазаны орынлаў бас басқармасы жанындағы Пробация хызмети ҳәм оған тийисли болған аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилген еди.
Студент-жасларда теориялық ҳәм әмелий көнликпе қәлиплестириў мақсетинде гезектеги «Жынаят орынлаў ҳуқықы» пәни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы пробация хызмети баслығы подполковник П.Сейтмуратов пенен биргеликте нәтийжели алып барылды.
Д.Хабибуллаева,
Тарийх ҳәм ҳуқық факультети
Юриспруденция тәлим бағдарының 2-курс студенти.
