Китаплар көргизбеси болып өтти

Тарийх ҳәм ҳуқық факультетинде Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың 2019-жыл 19-март күнги өткерген видеоселектор жыйналысында елимиздиң социаллық  ҳәм руӯхый ағартыӯшылық тараӯларына тийисли бес басламаны әҳмийетли ӯазыйпа етип қойған еди.

Сол басламалардың ишинде жаслар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыӯ, жас әӯлад қәлбинде китапқа, көркем шығармаға деген муҳаббатын оятыӯ сыяқлы үлкен басламада бар.

Соларды есапқа алған ҳалда жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Китапқумарлар клубы»ның  басламасы менен Тарийх ҳәм ҳуқық факультетинде жаңа китаплар көргизбеси болып өтти.

 Илаж натийжесинде студент-жаслар жаңа китаплар сатып алды ҳәм көркем шығармалар ҳаққында мағлыӯматларға ийе болды.

И.Елмуратов,

Факльтеттиң Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер