Түркийтаныўдың негизги мәселелери

Жақында өзбек филологиясы факультетинде Қазақстан Республикасының Л.Н.Гумилёв атындағы Евразия мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары Гүлғайша Сағидолда ҳәм Қарлығаш Сарекеновалар өзбек тили, қазақ тили, түркмен тили бағдары  2-курс студентлерине «Түркийтаныўдың негизги мәселелери» атамасында семинар сабағын өтти.

Өткерилген семинарда профессор-оқытыўшылар студентлерге улыўма түркий тиллери хаққында хәм олардың бүгинги күндеги машқалаларына кеңнен тоқталып өтти.

 Буннан соң тил илимин үйрениўдеги машқалаларды шешиў жолларын излеў ҳәм бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириў бойынша түсиниклер берди.

Бундай семинар сабақлардың өткерилиўи, еки мәмлекеттиң билим бериў системалары менен таныс болыўы менен бирге улыўма түркий тиллериниң арасындағы қатнасларды және де терең үйрениўимизге жәрдем береди.

Шамшырақ Алдоңғарова,

қазақ тили қәнигелигиниң 2-курс студенти.

Пайдалы дереклер