Шет тиллери факультетинде илимий-әмелий әнжуман шөлкемлестирилди

Бүгин Бердақ миллий музейинде университетимиздиң Шет тиллери факультети рус тили ҳәм әдебияты кафедрасынын шөлкемлестириўинде «Ҳәзирги заман лингвистикасы, әдебияттаныўы, тил ҳәм әдебиятты оқытыў методикасында инновациялық жантасыўлар» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Әнжуманды факультет деканы Дж.Қурбанбаев басқарып барды.

Конференцияда университеттиң Илимий бөлиминиң баслығы К.Алланазаров, ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими ҚГИИИ директоры А.Альниязов, рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының профессоры Л.Хван ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күндеги тил ҳәм әдебият илимлериниң раўажланыў басқышлары ҳәм үйренилиў жоллары ҳаққында айтып өтти.

Илажға факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

 Әнжуман секцияларға бөлинген ҳалда өз-ара пикирлесиў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер