Өткен әсирдиң 90-жыллары әдебиятқа байланыслы әнжуманлардағы шығып сөйлеўлеримде XX әсирдеги қарақалпақ әдебиятының еки гиганты ҳаққында айта басладым. Олардың биреўи прозадағы гигант Төлепберген Қайыпбергенов, ал, екиншиси поэзиядағы гигант Ибрайым Юсупов еди.
Буннан 68 жыл бурын Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының жас оқытыўшысы Ибрайым Юсупов бир топар студентлер менен педагогикалық практиканы өтиў ушын Шымбай қаласына хызмет сапарына барған. Ол сол ўақытларда педагогикалық училищеде басшы хызметлерде ислеген бир ағасының үйинде бир неше күни мийман болған ҳәм сол күнлери ағасының биринши перзенти болған усы қатарлардың авторы туўылған. Жаңа туўылған нәрестеге қарақалпақ поэзиясының болажақ гиганты Бахтияр деп ат қойған.
Мен кишкене бала ўақытларымда үйде Ибрайым Юсуповтың қонақ болғанларын есимде жақсы сақладым. Ол мениң әкем менен поэзия ҳаққында көп сөйлесетуғын еди. Оның гәплеринен мен дүнья поэзиясы ҳәм оның ең жоқарғы шыңы Уильям Шекспир ҳаққында еситтим. Дүнья поэзиясында Байрон, Гейне, Гёте, Пушкин, Лермонтов, Баратынский, Мицкевич, Тагор сыяқлы уллы шайырлардың бар екенлигин, олардың шығармаларының гөззал ҳақыйқатлықты сәўлелендиретуғынлығы ҳаққындағы түсиниклерге ийе болдым.
Досларыма үйге шайыр Ибрайым Юсупов қыдырып келди ҳәм ол мынадай нәрселер ҳаққында гәп етти деп мақтаныш пенен айтып беретуғын едим. Бизлерге оның 1959-жылы шыққан «Күншығыс жолаўшысына» топламы үлкен қызығыўшылық оятты. Бул китаптағы
«Бизде сөз бар: мийман—ырыс, берекет,
Қонақ күтиў — зийнети ҳәр адамның.
Егер үйге бес күн мийман келмесе,
Шайы қонбас мениң байғус анамның.
Тандыр жапқан жеңгейлерден бар мирәт,
Руқсат жоқ аўыз тиймей өтиўге.
Күн шығысқа сапар шеккен азамат,
Асық достым бизиң жаққа жетиўге»
ямаса сол ўақытлары шөгирме кийип жүрген жасы үлкенлерди көргенде
«Алдыңнан қарасам артың аўықтай,
Қапталдан қарасам түриң ғаўықтай,
Қыста сәўирлеген түйе таўықтай
Самал қақса ҳәңкийесең шөгирме»
сыяқлы қатарларды ишимизден яддан оқыйтуғын едик. Айырым ўақытлары досларымызға «Қой, даңқпараз болыўдан уял» деп нәсийят беретуғын болдық. Сол ўақытлары аўылымызда ислеген монтерға «Монтер бала сым тартып келди» деп айтқанларымыз есимде. Соның менен бирге Алма-Атаның қызларын ҳақыйқатында да Ибрайым Юсупов сүўретлегендей сулыў ма екен деп баллар менен сөйлесетуғын едик.
Арадан бир жыл өткеннен кейин оның «Ойлар» китабы жарық көрди. Сол ўақытлары Кеңес совхозының орайында жайласқан китап дүканында сол китаптың сатылғаны, оны адамлардың қызығыўшылық пенен сатып алғанлығын мениң ядымнан шықпайды. Бул китаптағы Адам Мицкевичтен деп берилген «Бурдыс ҳәм оның балалары» атлы 12 куплеттен туратуғын қосықты мениң әкем яддан билетуғын ҳәм оның мазмунын көп адамларға айтып бергенин еситтим. Тап усы китапта
«Пиво, арақ… табылғанын татамыз,
Дүнья маған ақпас, журтқа ақса да,
Ҳәпте сайын бир қап шийше сатамыз,
Сонда да бир жарымаймыз ақшаға»
куплети бизлер, сол ўақытлардағы 9 жасар балларда үлкен қызығыў оятты.
Әлбетте, мен сол ўақытлары «Ойлар» китабында орын алған А.С.Пушкиннен аўдарынған «Айтагөрме, гөззал, мениң алдымда…», Шекспирдиң айырым сонатлериниң, Омар Ҳайямның рубаятларының, сондай-ақ «Комната № 501» сыяқлы қосықларының мәнисин түсинбедим. Бирақ кейин, поэзияны түсине баслағаннан кейин оларды тек түсинип ғана қоймай, толық ядлап та алдым.
Бизлер Ибрайым Юсуповтың 1960-жылларға келип үлкен шайырлардың қатарына қосылғанлығын «Гилемши ҳаял ҳаққында ҳақыйқатлық» және «Актрисаның ығбалы» поэмаларының жарық көргенлигине байланыслы билемиз.
1968-жылы мен студент едим. Сол жылы И.Юсуповтың «Заман ағымы» деп аталатуғын 260 бетлик китабы жарық көрди. Бул китаптағы «Шайырлық ҳаққында шамалы сөз» деп аталатуғын кирис мақалада шайыр өзиниң поэзиясы, дүньяға болған көз-қараслары ҳаққында толық мағлыўматларды берген. Ҳәзир арадан дерлик 50 жыл өткеннен кейин бул китаптың бетлерин ашқанда ондағы қосықлардың, поэманың мазмуны, идеялары шайырдың қандай дәрежеде данышпан болғанлығын айқын түрде көресең. Сол ўақытлары мен «Лермонтов турған жайда» деген қосығына итибар бермеген едим. Кейнинен сол жайда мен де болдым, Пятигорск қаласында И.Юсупов жүрген жоллардың барлығында пияда жүрдим ҳәм шайырдың рус поэзиясының ең жоқары шыңларынан болған М.Ю.Лермонтовты қандай дәрежеде жоқары баҳалағанын айқын сездим. Бул қосықтағы
«Болдың-ба Машук таўында?
Етеги қандай гүл жайнар!
Ҳәм оның жасыл баўырында
Кишкене ғана бир жай бар.
Есигин ашып енгенде
Ишине жасыл бақшаның,
Шалқыған сулыў сезимге
Бөленди мениң жас жаным.
Айнасы ашық, өзи жоқ,
Косығы жатыр питпеген.
Илиўли қалған пистолет
Оқлаўлы шығар кек пенен?»
сыяқлы қатарлары ҳәм ҳақыйқатлық ҳәр кимниң жүрегинде терең из салады.
Бул китаптағы «Рус әдебияты ҳаққындағы қосық» шығармасында оғада бай рус поэзиясының бар екенлигин, оннан шайырдың өрнек алғанын айқын көресең.
Өткен әсирдиң 80-жылларында Ибрайым Юсуповтың ҳақыйқатында да қарақалпақ поэзиясының гигантына айланғанына гүмән жоқ. Оның тек шығармалар топламларының саны 14 ке жетти. Солардың екеўи Москва қаласында рус тилинде басылып шықты. Поэмаларының саны да көбейди. Олардан «Дала әрманлары», «Жолдас муғаллим», «Акация гүллеген жерде», «Ески фонтан ертеги», «Тумарис» поэмаларын көрсетиў мүмкин. Усы жағдайға байланыслы
«Бир кишкене елдиң шайыры болсам да,
Мен уллы ислердиң парқын билгенмен»
қатарларын ерксиз түрде еске түсиресең.
1987-жылы жазылған «Мен қалада оқығанда» қосығы менде оғада умытылмайтуғын тәсир қалдырды. Қосықты дәслеп мен шайырдың өзинен еситтим. Сол жылы қосық «Аласатлы дүнья бул» китабында жарық көрди. Бул қосықты мен көп пропагандаладым. Мына қатарларға итабир берейик:
«Сабақтан кеш шығар едик,
Мен қалада оқығанда.
Күн бата аўылдан келип,
Күтер еди анам сонда.
Пахта завод дийўалына
Сүйенип ол турар еди.
Пүткил дүнья қыялына
Мен деп жолға қарар еди.»
Бул жерде ҳақыйқый ана тәрийпленген. Пахта завод дийўалына сүйенип турған оның анасын мен көрдим, оның гәплерин еситтим. Кейинирек шайыр өзиниң дайыларына мынадай қатарларын бағышлады:
Қатты сыйлағанлығым ушын,
Қуйынларға батпас тисим.
Қызларының ең жақсысын,
Бизиң ғарры алып кеткен,
Соннан шайыр қалып кеткен.
«Енди базда машиналы, зуўлап өтсек сол кәрадан» мен Шымбай қаласындағы мектептен аўылына асығыслық пенен қайтып киятырған болажақ уллы шайырды ҳәм оның алдында «шаршадың-аў айнанайын» деп ойлап пахта заводының дийўалына сүйенип турған оның узын бойлы, өзине қуйып қойғандай усатып бала туўған Ханбийби исимли анасын көз алдыма елеслетемен.
Ибрайым Юсупов өзиниң дайылары менен ғана шекленип қалған жоқ. Ол өзиниң туўған-туўысқанларына мынадай қатарларды бағышлады:
Таз, Елтезер, Мәмбетқулы,
Бәри бир атаның улы.
Тәңке туўған төрттиң бири
Анна болса анна болсын,
Қайда болса онда болсын.
И.Юсупов Аббаз шайырды, Жолмурза Аймурзаевты, Қасым Әўезовты жоқары баҳалайтуғын еди. Усыған байланыслы ол төмендегидей қатарларды қалдырды:
Бессарының кеўили бай,
Қасым, Аббаз, Жолмурзадай.
Шайырларды берген қудай,
Бир беси, бир сарысы бар,
Жасаң шағлап бессарылар.
Ибрайым Юсуповтың дөретиўшилик мийнетлеринде дүнья жүзи шайырларының қосықларын, сонетлерин ҳәм басқа да шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарыў салмақлы орынды алады. Әлбетте, поэзияны бир тилден екинши тилге аўдарыў оғада аўыр жумыслардың бири болып табылады. Ҳақыйқатында да, мысалы, А.С.Пушкинниң
Я помню чудное мгновенье:
Передо мной явилась ты,
Как мимолетное виденье,
Как гений чистой красоты.
қалайынша қарақалпақ тилине аўдарасаң. Себеби «Как мимолетное виденье, Как гений чистой красоты» сыяқлы сөзлерди руслардың барлығы түсинеди деп ҳеш ким айта алмайды. Бирақ шайыр жол тапқан ҳәм бул қатарлар былайынша аўдарылған:
Сол әжайып мәўрит еле есте,
Сен доланып алдымнан шықтаң.
Бир жарқ еткен сырлы елестей,
Руўҳындай пәк арыўлықтың.
Бул қатарларды оқып атақлы шайырымыздың қарақалпақ тилин оғада терең билген ҳәм оны пайдалана алған инсан екенлигин айқын көриў мүмкин.
Шайыр бизди инсанды, ўатанды сүйиўге шақырды. Оның тили менен бизлер
Сайра, достым, әлҳаўада пырпырлап,
Саз бенен сәўбетсиз дәўран болды ма.
Сен көкте, мен жерде буншелли шырлап,
Сүймегенде, оннан ўатан болды ма!
деп бар даўсымыз бенен жар салғымыз келеди.
Шайырдың уллылығын «Мәңги булақлар» китабында келтирилген аўдармаларынан көриўге болады. Бул китапты оқыў менен биз Күн шығыс ғәзийнесинен Рудакийдиң, Омар Ҳайямның, Саадийдиң, Ҳафыздың, Наўайының, Махтумқулының ҳәм басқалардың, Шекспирдиң, Байронның, Гётениң, Шиллердиң, Гейнениң, Пушкинниң, Лермонтовтың, Күн шығыстың жаңа ҳаўазлары болған Абайдың, Тоқайдың, Муқимийдиң ҳәм басқа да уллы шайырлардың қарақалпақ тилине аўдарылған шығармалары менен танысамыз. Соның менен бирге биз «Мәңги булақлар» да М.Ю.Лермонтовтың «Мцыри», Т.Г.Шевченконың «Катерина» поэмаларын қарақалпақ тилинде оқыймыз.
Өткен әсирдиң 95-жыллары мен шайырға үйден шай ишип кетиңиз деп мирәт еттим. Ол жаңа шыққан «Беглигиңди бузба сен» деген китабын мениң әкеме алып келипти. Сол ўақытлары әкем қартайған, қулақларының еситиўи әдеўир төменлеген, көзи әдеўир гиреў тартқан адам еди. Бизлер китапты ашыўдан шайырдың қолы менен жазылған мынадай еки куплетти көрдик:
Еситпейди деп налыма қулаққа,
Онда турған ҳеш гәп жоқ арсынғандай.
Бул күнде сондай сөзлер айтылмақта,
Еситкиш қулақлар да сарсынғандай.
«Көзим гиреў тартты» деп өкинбе,
Онда гәп жоқ, қысынып бекингендей.
Бул топалаң дүньяда усы күнде,
Қызық жоқ көрмедим деп өкингендей.
Бул қатарларда ол сол ўақытлардағы жәмийетимизде болған жағдайларды айқын сәўлелендирген.
Сол жыллары мен компьютер ушын арнаўлы программа дүзип, қарақалпақ тилинде өзимниң неше сөзди пайдаланатуғынымды тексерип көргим келди. Сол ўақытлары кең тарқалған «Бейсик» тилинде программа дүздим ҳәм өзимниң жазғанларымның барлығын сол программа арқалы өткердим. Барлық қосымталарды алып тасладым ҳәм сөзлердиң тийкарларын қалдырыўға тырыстым. Нәтийжеде өзимниң «сөз байлығымның» 600 сөзден артпайтуғынлығына көз жеткердим. Буннан кейин уллы шайырымыз Ибрайым Юсуповтың неше сөзден пайдаланатуғынлығын тексерип көргим келди. Компьютер арқалы сол ўақытларға шекем жарық көрген шайырдың барлық китапларын өткердим ҳәм үлкен қысыныспаға түстим. Бул жағдайда да компьютер пайдаланылған тийкарғы сөзлердиң санының 700 ге жетпейтуғынлығын көрсетти. Бул сөзлердиң дизимин дүзип шайырдың өзине алып бардым. Ол сөзлердиң дизимин бир қатар көрип шығып «600 сөзди билип-ақ үлкен шайыр болыўға болады екен-ғо» деди.
2002-жылы биз Қарақалпақстанда бириншилерден болып Интернет тармағына кирдик ҳәм онда Европа, Америка еллериниң көпшилик шайырлары менен жазыўшыларының шығармаларының бар екенлигин көрип ҳайран қалдық. Бул жағдай мени Қарақалпақ әдебиятының гигантлары болған И.Юсупов пенен Т.Қайыпбергеновлердиң шығармаларының электронлық версияларын жаратып, интернетке қойыўға мәжбүрледи. И.Юсуповтың барлық китапларын таптым ҳәм сканерледим. Бир қатар китапларын қайтадан тердим. Бул жумысты мен тез питкердим ҳәм бизиң гигантларымыздың шығармаларын Интернет тармағына қойыў бахтына еристим. Бул жумысты мен орынлаған жумыслардың ең әҳмийетлилериниң қатарына қояман.
Қарақалпақстан композиторлары тәрепинен Ибрайым Юсуповтың шығармалары тийкарында көп санлы музыкалы шығармалар дөретилди. Олардың арасында биринши гезекте Қарақалпақстан Республикасының Гимни, халық сүйген қосықлар көзге түседи. Оның 1962-жылы жазылған «Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың» қосығының халық арасында ең көп атқарылатуғын музыкалы шығармаға айланғанын ҳәммемиз билемиз.
Ибрайым Юсуповтың 1973-жылы жазылған либреттосы тийкарында композитор Н.Мухаммединов тәрепинен биринши қарақалпақ операсы болған «Әжинияз» операсы дөретилди.
Соңғы ўақытлары шайырдың шығармалары бойынша музыкалы композициялар, қосықлар дөретиўде композитор Қурбанбай Заретдинов үлкен табысларға еристи. Оның «Таллы жағыстағы еске түсириўлер», «Өмирзая жулдызы» қосықлар дүркини тийкарында жазылған композициялары, «Сәлем саған туўған жерим», «Ўатан деген …» ҳәм басқа да қосықлар дүркини жүдә жийи атқарылатуғын музыкалы шығармаларға айланды.
Ҳәзир елимиз, жеримиз тез пәтлер менен жаңармақта. Бул жерде Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың, оның белгилеп берген жоллары менен күш-қуўатын аямай хызмет етип атырған мийнеткеш халқымыздың тутқан орны уллы. Тап усы жағдайды билген адамдай, ол 1950-жылы 21 жасында Қытай халық мақалы тийкарында мынадай қатарларды жазған:
Дүньяның барлық халқы аяқ қосып,
Бир ўақта жерди тепсе жер силкинер.
Дүньяның барлық халқы урт толтырып,
Үплесе, даўыл турып, күн гүркирер.
Бул қатарлардың дурыслығын бүгинги күн айқын түрде тастыйықламақта.
Ибрайым Юсупов уллы рус шайыры А.С.Пушкинниң төмендегидей қосық қатарларын қарақалпақ тилине аўдарып, ҳәр қайсысымыздың жүрегимизде өзиниң атының мәңги сақланып қалатуғынлығын көрсете алды:
«Мен өлмеймен, – мәзи мениң денемди,
Топырақ басар, сөзим қалар бирақта.
Жалғыз шайыр қалса айлы әлемде,
Мен қаларман бөленип даңқ-атаққа».
Шайырымыздың шығармалары бизиң жүреклеримизде мәңги сақланады. Оның қосықлары, поэмалары, басқа да шығармалары бизлер ушын мәңги жол көрсеткиш болып қала береди.
Бахтияр Абдикамалов,
Профессор.