Саламат турмыс тәризин қәлиплестириӯ мәмлекетимиздиң баслы бағдарларының бири есапланады.
Университетимизде «Май айы – спорт ҳәм саламатлық айлығы» шеңберинде бир қанша илажлар шөлкемлестирилди. Жақында Тарийх ҳәм ҳуқық факультетиниң студент-жаслары арасында спорттың стол тенниси түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.
Жарысқа 29 топардан 23 студент-жаслар қатнасып, өз ара қызғын беллесиўлер астында өткерилген жарыс жуўмағында 1-орынды 2-курс юриспруденция қәнигелигиниң студенти Хорезм Юнус, 2-орынды 1-курс юриспруденция қәнигелигинен Мухторов Қобил, 3-орынды 2-курс миллий идея қәнигелигиниң студенти Тилеўов Азизлер ийеледи.
Жеңимпазлар «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды.
И.Елмуратов,
Факультеттиң Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары.
