Халықаралық илимий-изертлеў экспедициясы шөлкемлестирилди

Усы жылдың 22-25-май күнлери  Россия Илимлер академиясы Ширшов атындағы Океанология институты, Берлин музейи ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бир топар алымлары Арал теңизиниң Ақтумсық метеостанциясы аймағына экспедиция шөлкемлестирди.

Оған Россия Илимлер академиясы Ширшов атындағы Океанология институты профессоры Пётр Завьялов, Россия Илимлер академиясы Ширшов атындағы Океанология институты теңиз ултанында бирге жасаўшы өсимлик дүньясын изертлеўши экологиялық лабораторияның аға илимий хызметкери, биология илимлериниң кандидаты Филипп Сапожников, Россия Илимлер академиясы Ширшов атындағы Океанология институты биогидрохимия лабораторияның бас илимий хызметкери, география илимлериниң докторы Пётр Макавеев, Берлин музейиниң ҳаўа изертлеўшиси, профессор Хеди Оберхансли, Қарақалпақ  мәмлекетлик университети биология кафедрасының баслығы, биология илимлериниң докторы, профессор Азат Матчанов, Қазақстан Республикасы Х.А.Яссаўий атындағы халықаралық Қазақ-Түрк университетиниң профессоры Абылғазы Курбаниязов, ҚМУ оқытыўшысы, биология илимлериниң кандидаты Низаматдин Мамутов, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалының киши илимий хызметкери Аблатдин Мусаев ҳәм ҚМУ докторанты Севара Кучкаровалар қатнасты.

Экспедиция мақсети, Арал теңизиниң қурыған аймағындағы өсимликлердин түрлерин анықлаў ҳәм олардың муғдарын өлшеў есапланады.

Әлбетте, бул экспедиция биринши емес. Бундай экспедиция Россия алымлары тәрепинен 2004-жылдан бери өткерилип келинбекте.

С.Кучкарова,

ҚМУ докторанты.

Пайдалы дереклер