Балалар қуўанышы – дүнья қуўанышы

                     Бала деген булақтай пəк, таза болар,

                     Мийриң қанар шийрин тили, қылығына.

                     Сүйсиндирер сыңғырлаған күлкиси бар,

                     Уқсатаман булақлардың сылдырына.

Балалар – өмиримиздиң  гүллери. Олар бар екен  шаңарағымыызда барқулла  күлки  болады.

Жақында 1-июнь-«Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнəсибети менен  университетимиздиң шет тиллери факультети тəрепинен шөлкемлестирилген  байрам илажы көтериңки кейпиятта өтти.

Кеше мийманлары Тақыятас балалар үйиниң 4-6 жас аралығындағы   тəрбияланыўшылары болды.

Факультетимиз ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеминиң баслығы Аметова  Мухаббат тəрепинен шөлкемлестирилген балалар байрамында студентлеримиз де белсене катнасты. Атап айтқанда, 3-курс студенти Сейдаметова Айнура  балаларға өз қоллары менен  көйлеклер тигип саўға етти. Буннан тысқары, 2-курс студентлери Ризаев Жамшид, Ендирова Моҳира ҳəм тағы басқа факультетимиздиң белсенди студентлери өзлериниң əжайып қосықлары ҳəм аяк ойынлары менен қатнасты.

Байрам кешесинде факультетимиз деканы Дж.Курбанбаев ҳəм де университетимиздиң ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы И.Сейтназаровалар қатнасып, балаларды байрам менен қутлықлады.

Балалар берилген саўғаларға жүдə кеўиллери толып, шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығын билдирди. 

Моҳира Ендирова,

Шет тиллери факультетиниң 2-курс студенти.

Пайдалы дереклер