Жазғы сессия дәўириниң қызғын пәллеси. Күн болса қызығаннан қызып атыр. Әйне усы дәўирде ҳүрметли устазларымыз ҳәм де қәдирли студентлеримиз бас мийин ҳәм де көз нурын қәстерлеўди жүдә умытып қойыўы мүмкин. Буның ақыбетинде болса, әлбетте, зорығыў ҳәм стресс жағдайлары келип шығады. Ўақтында дем алыўды да умытып, ҳәттеки түслик қылыўға да ўақыт табалмай қалған ҳалатлар көпшилигимизде ушырасып турыўы бар гәп. Нәтийжеде болса, дыққатты жәмлей алмаслық, есте сақлаўдың бузылыўы, дипрессия ҳалаты келип шығыўы турған гәп.
Демек, бәрине бир тегис қалай үлгерсек болады, яғный ҳәм нервлеримизди асырап жумысқа ҳәм оқыўға толық үлгериў керек. Әлбетте, бунда бизге күн тәртибимизди “Тайм менеджмент” сабағында айтылғандай, дурыс орнатыў үлкен пайда береди. Қалаберсе, психологлардың ҳәм де медицина илимпазларының анықлаўынша кешки саат 21-00 ден 24-00 ге шекемги аралықтағы мийди дем алдырыў, уйықлаў инсанға 16-саатлық уйқының көлемин бериўин умытпаған ҳалда ертерек уйқыға жатып, таңда ертерек талапларымызға кирисиўимиз тийис.
Өйткени, дана халқымыздың “Ерте турған инсанның ырысы артық” деген нақылы бийкар айтылмаған-ғой! Күн тәртибимизди дурыс белгилеп, ўақыттан үнемли пайдаланайық, саламат психологиялық турмыс тәризине әмел қылайық. Нервлериңизди асыраң әзизлер!
Гулчехра Реймбаева,
ҚМУ психологы.