Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультети бакалавр 2-басқыш студентлерине жынаят ҳуқықы пәни «Ҳуқықтаныў» кафедрасы доценти С.Утемуратова тәрепинен алып барылмақта. Сабақ барысында студентлерге жынаятлардың түрлери, олардың классификациясы ҳәм оларға жаза тайынлаўдың теориялық тийкарлары үйретилип барылады.
Судлар тәрепинен жынаят ушын жазаның дурыс тайынланыўы әдил судлаўды әмелге асырыўдың кепилликлеринен бири есапланады. Әдил жаза тайынланыўы оннан гөзленген мақсетлерге – судланған шахсты тәрбиялық дүзетиў, судланған ҳәм басқа шахслар тәрепинен жаңа жынаятлар ислениўиниң алдын алыўға ерисиў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 8, 54-статьяларының мазмунына көре, жазаның әдалатлы болыўы – ҳәр бир жағдайда индивидуал тайынланыўы, жынаяттың сыпаты ҳәм қәўиплилик дәрежесине, айыпкердиң шахсына, сондай-ақ жазаны жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы жағдайларға муўапық болыўы керек. Жынаяттың жәмийетлик қәўиплилик сыпаты, қол қатыў объекти, айыптың формасы, жынайый қылмыстың нызамда қайсы тайпаға киритилгенлиги менен белгиленеди.
Студент-жасларда жынаят ҳуқықы пәни шеңберинде үйретилетуғын теориялық билимлерди әмелий көнликпелер менен тиккелей байланыстырыў мақсетинде гезектеги жынаят ҳуқықы пәни Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды судьясы А.Абдикаримов пенен бирге алып барылды. Бул сабақ барысында студент-жасларға судлар тәрепинен жаза тайынлаў процесси ҳаққында әмелий түсиниклерди беккемлеўде кеңнен жәрдем берди.
Д.Хабибуллаева,
Юридика факультетиниң 2-курс студенти.
