Қытай мәмлекетиниң басламасы менен «Бир мәкан – бир жол» жойбары тийкарында дүньяның 40 аслам мәмлекетлери бул жойбарға қатнаспақта. Соның ишинде Өзбекстан мәмлекети де бул жойбарға қатнасып атыр. Жойбар тийкарында Пекин тиллер университети профессоры Гуо Фенглань басшылығында Қытай менен қоңсылас 6 (Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Лаос, Мьянма, Вьетнам) мәмлекеттеги жасайтуғын халықлардың тиллик корпусын қәлиплестириў проекти тастыйықланған. «Өзбекстанның тиллик корпусын қәлиплестириў» деген темадағы киши жойбарға қарақалпақ тили бойынша белгили илимпаз Қарақалпақ мǝмлекетлик университети профессоры, филология илимлериниң докторы Шамшетдин Абдиназимов қатнасып атыр. Жойбар жумысларын жуўмақлаў мақсетинде профессор Ш. Абдиназимов бир айлық илимий сапарға Қытайға жөнеп кетти.
Соның менен бирге, университетимиз профессоры Ш. Абдиназимов Минцзу университетиниң Қазақ тили қәнигелиги магистрантларына лекция оқымақта.
Профессор Минцзу университети талабаларына түркий тиллериниң раўажланыў басқышлары, қарақалпақ халқы ҳәм оның тилиниң тарийхы, қарақалпақ тилиниң изертлениўи бойынша лекциялар оқымақта.
Ш. Абдиназимов халық аралық илимий жойбарларда белсене қатнасып атырған илимпазлардың бири. Ол 1994-жылы Түркияның пайтахты Анкара қаласында 6 ай даўамында «Түркий тиллериниң салыстырмалы грамматикасы» бағдарламасының орынлаўшыларының бири болған еди. 2017-2018-жыллары Астанадағы Евразия университети илимпазлары менен бирликте «Қазақ ҳәм қарақалпақ тиллериниң салыстырмалы грамматикасы» жойбарын орынлап 2017-жылы Астанада, 2018-жылы Алмата қалаларында монографиясы жǝрияланған еди.
Х.Толыбаев,
Илимий кеӊес хаткери
