26-июнь – «Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни»

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Санаат-технологиясы факультетинде 26-июнь –«Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен илаж шөлкемлестирилди.

Илажды  факультет деканы ў.ў.а Р.Қурбаниязов ашып берди ҳәм алып барды.

Ол өз сөзинде бул иллетлер бүгинги күнде жәмийетимиздиң баслы машқалаларына айланып баратырғанлығы, әсиресе, жаслар арасында кең тарқалып баратырғанлығы ҳаққында айтып өтти. Ең ашынарлысы АИЖС ҳәм наркомания саламат турмыс тәризин бузып, саламат орталықты қәлиплестириўге өз кесирин тийгизип атырғанлығы, наркотик өнимлериниң зыянлы, аянышлы ҳәм аўыр ақыбетлерине кеңнен тоқталып өтти.

Буннан соң санаат технологиясы кафедрасының үлкен оқытыўшысы С.Айтымбетов ҳәм басқалар елимизде бундай иллетлердиң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў бойынша исленип атырған илажлар ҳаққында да кеңнен мағлыўматлар берип өтти.

Атап айтқанда, халықтың, әсиресе жаслардың саламатлығын күшейтиў бойынша исленип атырған ислер, бул жолға кирип кетиўдиң алдын алыўдың ең жақсы усылы олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, спорт дөгереклерине қамтып алыў, сондай-ақ,  клубларға бекитиў ҳаққындағы пикирлерин айтып өтти.

         Соң баянатшылар тәрепинен республика АИЖС кеселлигине қарсы гүресиў орайы тәрепинен таярланған, нәшебентликке қарсы гүресиўге қаратылған «Гиёҳвандлик- аср вабоси» деп аталған видеофильм жыйналғанлар нәзерине усынылды ҳәм талқыланды. Илаж соңында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Ш.Мусиров,

Санаат-технологиясы факультетиниң жаслар менен

ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер