«Шаңарақ қурыўға психологиялық таярлық» атамасында психотренинг өткерилди

Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер турар жайында жасаўшы студент-жаслар менен (ҳәр биринде өз алдына) университет психологы, «Шаңарақ мәсләҳәт орайы»ның жетекшиси Гулчехра Реймбаева «Шаңарақ қурыўға психологиялық таярлық» атамасында  психотренинг ҳәм де саўал-жуўап кешесин шөлкемлестирди.

Онда тийкарғы итибар шаңарақ психологиясында миллий қәдириятлардың тутқан орнына, менталитетимизге сай тәризде өз ара қатнасықларды жолға қойыўға, ерли-зайыптың келиспеўшилик ҳалатларының алдын алыўға қаратылды.

Ҳәр бир илаж студент-жаслардың өз ара пикир алмасыўлары менен қызғын тәризде өткерилди.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер