Усы жылы 19-март күни Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисиндеги жасларға итибарды күшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў менен бир қатарда олар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша баслама ҳәр тәреплеме қоллап қуўатланбақта.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы ҳәм тиллерди оқытыў бакалавриат тәлим бағдарының 3-курс талабалары мәлимлеме-ресурс орайында 2019-жылдың 1-июль сәнесинен баслап, 2019-жыл 14-июль сәнесине шекемги аралықта қәнигелик әмелиятларын өткерип атыр.
Қәнигелик әмелият даўамында олар мәлимлеме-ресурс орайындағы көркем шығармаларды, илимий мақалаларды оқып, кеңнен талқыламақта. Сондай-ақ, олар ғалаба хабар қуралларында мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы, руӯхыйлық, көркем әдебиятлар бойынша шығып сөйлеп, өзлериниң дөретиўшилик уқыплылығы ҳәм шеберлигин асырмақта.
Әмелиятшы талабалар усы жылдың 8-июль сәнесинде Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Қарақалпақстан радиоканалының «Жаслар ушын» еситтириўинде шығып сөйледи.
Азиз Қарасаев,
Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети.
