#Мүнәсибет  Елимиздиң раўажланыўына салмақлы үлесин қосқан инсан

«Жанажан Өзбекстан, мәңги бол аман» сүрени астында өтилейин деп атырған ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық уллы байрамы алдында және бир қуўанышлы болған хош-хабарды еситип, өзимизди жүдә бахытлы адамбыз деп сездик. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтың қарары менен республикамыздың басшысы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы Муўса Тажетдинович Ерниязов Өзбекстан Республикасындағы ең жоқарғы атақ болған «Өзбекстан қаҳарманы» ҳүрметли атағын алыўға миясар болды.

Бул хабарды еситип биз оғада үлкен қуўанышқа бөлендик. Өзбекстан Қаҳарманы атағы усы атақты алыўға толық миясар болған инсанға берилиўи бизиң Президентимизге деген ҳүрметимизди күшейтти, исенимимизди арттырды. Усыған байланыслы ҳүрметли Президентимизге мың-мың рахметлер айтамыз ҳәм оның елимизди басқарыўда, оны дүньяның ең алдыңғы еллердиң қатарына қосаман, деп ҳармай-талмай ислеп атырған ислеринде тасқын табыслар тилеймиз.

Өзбекстан Республикасы бойынша үш Өзбекстан қаҳармынының биреўиниң Қарақалпақстаннан болыўы бизиң қуўанышымызға қуўанышлар қосты.

М.Т.Ерниязов басқарған дәўирлерде Қарақалпақстан Республикасы үлкен табысларға еристи. Әсиресе, соңғы үш жылдың ишинде республикамыз турмыстың барлық тараўларында да үлкен табысларға еристи. Қалалар, район орайлары, аўыллар пүткиллей жаңа түске енди. Халықтың турмыс шараятлары түпкиликли жақсыланды, ҳәр бир инсанның келешекке болған исеними артты, исленип атырған жумыслардың нәтийжесинде елимиздиң социаллық-экономикалық турмысында бурын болып көрмеген өзгерислердиң болатуғынлығын өзлериниң көзлери менен көрди. Бизлердиң барлығымыз да Ўатанымызды шын кеўили менен сүйетуғын, оның келешегине исенетуғын адамға айландық. Усындай ўақытта, әсиресе, Президентимиз алып барып атырған социаллық ҳәм экономикалық сиясатын жүзеге келтириўдеги, болып атырған түрлендириўлердиң мәнисин халыққа жеткизиўдеги, жаңа санаат кәрханаларын дөретиў және иске қосыўдағы, ҳәр бир инсанның социаллық жақтан қорғаўда кепилликтиң пайда болыўындағы, басқарыў жумысларында демократиялық принциплердиң алға шығыўындағы, халықтың пәраўан турмысының қәлиплесиўиндеги, елимизди пүткил дүньяға танытыўдағы Муўса Ерниязовтың шаршамай-талмай ислеп атырған ислери оғада салмақлы. Усының нәтийжесинде ол елимиздиң халқының алдында, Президентимиз алдында абырайы жүдә жоқары болған инсанлардың бирине айланды.

Мойнақ қаласын қайтадан тиклеў бойынша Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың басламасын иске асырыўдағы М.Т.Ерниязовтың тутқан орны, оның күни-түни, ыссы-суўық демей ислеген мийнетлери жүдә жоқары. Нәтийже бизлер күткеннен жоқары болды. Ҳәзир заманымызға ылайық болған санаат пенен социаллық объектлер менен толы Мойнақ қайтадан тикленди.

Мен М.Т.Ерниязов пенен бир неше жыл даўамында тиккелей ислестим деп айта аламан. Сол жыллары оның жумыс ислеў принциплерин, қойылған мәселелерди әмелий жақтан шешиўдеги оның теперишлигин, халық хожалығын раўажландырыўда инвистицияларды алып келип, халық аралық бәсекелерге шыдамлы өнимлерди шығарыў ислериндеги, ҳәр бир қәниге менен ислесе алыў қәбилетлигин, жоқары билим менен мәдениятлығын, басқаларға өрнек бола алыўын өз көзим менен көрдим. Әсиресе мениң өзим ушын оғада әҳмийетли болған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жүргизилген реконструкция жумысларының сапалы түрде орынланыўында, университеттиң материаллық базасының байыўындағы, онда таярланып атырған қанигеликлердиң Республикамыздың өндириси менен социаллық турмысына, мәдениятына сәйкеслендириўде М.Т.Ерниязовтың тутқан орны уллы болды. Ол ҳәр бир кафедраның баслығы, декан, проректорлар, ректор менен тиккелей сөйлесип, орын алып атырған машқалалардың сапластырылыўында өзиниң басшы сыпатындағы үлкен үлеслерин тийгизди. Нәтийжеде биз елимиздиң жарқын келешегине беккем исендик.

М.Т.Ерниязовтың Қарақалпақстан Республикасының басшысы сыпатында елимизди, халқымызды, ҳәр биримиздиң турмысымызды жаңа басқышларға көтериўге өзиниң салмақлы үлеслерин қоса береди деп исенемиз.

Биз Муўса Тажетдинович Ерниязовтың «Өзбекстан қаҳарманы» ҳүрметли атаққа миясар болыўы менен оны шын-жүректен қутлықлаймыз ҳәм оның Республиканы басқарыўдағы инабатлы ислеринде тасқын табыслар тилеймиз.

Бахтияр АБДИКАМАЛОВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң физика кафедрасының профессоры, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери.

Пайдалы дереклер