«Мәлимлеме-китапхана шөлкеминиң ең жақсы қәнигеси-2019»

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында «Мәлимлеме-китапхана шөлкеминиң ең жақсы қәнигеси-2019» республикалық таңлаўының 2-басқышы болып өтти.

Таңлаўды өткериўдиң тийкарғы мақсети – мәлимлеме-китапхана  тараўы қәнигелериниң кәсиплик уқыбын еле де жетилистириўден ибарат.

Таңлаўға республикамыздағы мәлимлеме-китапхана орайларынан 3 қәниге, жоқары оқыў орынларынан 6 қәниге, халық билимлендириў министрлиги жанындағы мәлимлеме-китапхана шөлкемлеринен 16 қәниге қатнасты.

Таңлаў нәтийжелерине көре, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайы китапханашысы Назира Алламбергенова жоқары оқыў орынлары мәлимлеме-ресурс орайлары арасында биринши орынды ийелеп, Ташкент қаласында өткерилетуғын жуўмақлаўшы 3-басқышқа қатнасыўға жоллама алды.  

Назира Алламбергенованы қолға киргизген табыслары менен шын кеўилден қутлықла, алдағы таңлаўда да бириншиликке ерисиўин тилеймиз!

Азамат Алучиев,

Мәлимлеме-ресурс орайы жетекши қәнигеси.

Пайдалы дереклер