ҚМУда “EPCA” жойбарының жыйналысы өткерилди

Бүгин мәмлекетимизде жоқары оқыў орынларының ҳәр тәреплеме раўажланыўы бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Буның айқын мысалы ретинде, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде дүньяның раўажланған 16 мәмлекетлериниң жәми 48 жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий институтлары менен бирге ислесиў шәртнамалары ҳәм меморандумлары имзаланған болып, бул өз гезегинде тараўды раўажландырыўда өзиниң нәтийжесин берип келмекте.

Усы шәртнамалар тийкарында 2018/2019-оқыў жылында университетимиздиң билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў процессине 50 ден аслам сырт елли профессор-оқытыўшылар ҳәм алымлар сабақ процессене тартылды.

Ҳәзирги ўақытта университетте Европа Аўқамының  Эразмус+ бағдарламасының 7 жойбары әмелге асырылмақта.

Жойбарлар шеңберинде өткен оқыў жылында университеттиң 40қа жақын профессор-оқытыўшылары Европа ҳәм басқа да мәмлекетлерде өткерилген семинар-тренинглер, оқыў курслары ҳәм конференцияларда қатнасып қайтты.

Усы жойбарлардың бири “EPCA”: Орайлық Азияда қоршаған орталықты қорғаў-кеңислик методлары менен тәбийғый апатлар қәўпин басқарыў” жойбары есапланып, бул жойбар өз гезегинде Аралбойы регионында социал-экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларын белгили дәрежеде жумсартыўға ҳәм университетимизде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында кадрлар таярлаў бойынша да хызмет етпекте.

Усы жылдың  12-сентябрь күни шөлкемлестирилген жойбар мәжилисинде университет ректоры А.Реймов ҳәм жойбар координаторлары шығып сөйлеп, мағлыўматлар берип өтти.

Университетимизде шөлкемлестирилген жойбар координаторлары ҳәм ағзаларының ушырасыўы регионымыздағы экологиялық машқалаларды шешиўде жаңаша илимий көз-қарас ҳәм пикирлерди алмасыў, сондай-ақ, келешекте усы бағдардағы жаңа жойбарларды әмелге асырыўда өзиниң унамлы нәтийжесин бериўи сөзсиз.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер