Ректор ҳәм студент-жаслар ушырасыўы

Усы жылдың 13-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында университет ректоры А.Реймов университеттиң студент-жаслары менен ушырасты.

Ушырасыў Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң «Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2019-жыл 29-майдағы 12214-ҳҳ санлы тапсырмасының орынланыўы бойынша» 2019-жыл 31-майдағы 475-санлы буйрығының 51-бәнтинде көрсетилгениндей, ҳәр бир ЖОО ректорлары ҳәр айда профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар менен ушырасыўлар өткериўи белгиленген.

Мине, усы буйрық талапларының орынланыўы, қалаберсе, студент-жасларды қыйнап киятырған мәселелер жөнинде ректор университет студент-жаслары менен өз ара пикирлести.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер