Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ Илимий кеӊесинде усы университтеттиӊ оқытыўшысы, Қарақалпақстанлы түркмен ҳаялы Огулбай Гайлыева «Ғәрезсизлик дәўири түркий халықлар лирикасында формалық изленислер ҳәм олардыӊ типологиясы (өзбек, қарақалпақ ҳәм түркмен әдебияты мысалында)» деген темада филология илимлериниӊ докторы илимий дәрежесин алыў ушын әдебият жәмәәтиниӊ алдында диссертация жақлады.
Огулбай Гайлыева көп жыллардан бери оқытыўшы. Ол усы университетти тамамлаған ҳәм оны табыслы тамамлағанлығын инабатқа алып, сол жерде жумысқа алып қалған екен. Ол кандидатлық диссертациясын бирқанша жыллар алдын жақлаған.
Оныӊ бул жаӊа, изертлеў жумысында поэзияныӊ теориясы мәселелерине, дүнья халықларыныӊ әдебияттаныў илими, соныӊ менен бирге өзбек, қарақалпақ ҳәм түркмен әдебиятларында да кейинги ўақытларда айрықша итибар берилетуғыны, бир қанша әдебиятларда нәзерге алынған теманыӊ кеӊ ҳәм тереӊ изертленгени белгиленеди. Илимий жумыста бул әдебиятлардыӊ тарийхый өз ара байланысларына да нәзер тасланады. О.Гайлыева усындай мәселелерди түркмен әдебияты бойынша филология илимлериниӊ докторлары, профессорлар Өде Абдыллаевтыӊ, Жора Аллақовтыӊ монографияларына, филология илимлериниӊ докторы Мухамметгулы Амансәхедовтыӊ «Поэзия өнери ҳәм шайырлық шахс» атамасындағы илимий мийнетине, сондай-ақ, филология илимлериниӊ кандидаты, белгили әдебияшы илимпаз Ахмет Бекмуратовтыӊ «Мақтымқулыныӊ поэзиясында дәстүр ҳәм жаӊашыллық изленислер», профессор Каримбай Қурамбаевтыӊ «Басқа миллетлердиӊ шайырлық тәжирийбеси ҳәм оныӊ миллий әдебиятлардыӊ раўажланыўындағы орны», филология илимлериниӊ кандидаты Тиркеш Садыковтыӊ «Гурбанназар Эзизов поэзиясыныӊ көркемлик шеберлиги» сыяқлы илимий дәреклерге тийкарланып, исенимли изертлейди.
Диссертацияныӊ темасы менен байланыслы О.Гайлыева ортаға қоятуғын пикирлерин Атамырат Атабаев, Режепгелди Межиков, Агагелди Алланазаров, Ахмет Маммедов, Лаура Максимова сыяқлы түркмен шайырларыныӊ шығармаларын мысалға келтирип пикирлерин тастыйықлайды. Илимпаз ҳаял жумыстыӊ мазмунын Ташкентте ҳәм Қарақалпақстанда баспадан шығатуғын илимий журналларда, арнаўлы монографияларда, оқыў қолланбаларда өзбек, рус, инглис тиллеринде кеӊнен сәўлелендирген, оларды тастыйықлайды ҳәм мысал келтиреди. Оларда мәселениӊ тарийхына, түркмен әдебиятында, мәселен, Мақтымқулыныӊ дөретиўшилигинде 10, 11,12 қатарлы классикалық қосық формаларыныӊ ушырасатуғынлығына итибар береди. Өзбек, қарақалпақ ҳәм түркмен әдебиятында Ғафур Ғуламныӊ, Абдулла Ариповтыӊ, Бердақтыӊ, Әжинияздыӊ, Керим Курбаннепесовтыӊ, Гурбанназар Эзизовтыӊ дөретиўшилигине Мақтымқулыдағы сол классикалық қосық формаларыныӊ тәсириниӊ болғанлығы белгиленеди.
Филология илимлериниӊ кандидаты, доцент О.Гайлыева аралық ҳәм еркин қосық формалары ҳаққында сөз етип, буған мысал ретинде Нобатгулы Режепов, Атамырат Атабаев, Агагелди Алланазаров, Амангелди Аманов сыяқлы түркмен шайырларыныӊ қосықларынан мысал келтиреди. Киши лирикалық қосықлар (бәнт, еки қатарлы ҳәм т.б.) ҳаққында айтылғанда болса, бул формалардыӊ түркмен шайыры Какабай Илясовтыӊ дөретиўшилигинде кеӊнен ушырасатуғынлығын белгилейди ҳәм олар илимий изертлеўге тартылады.
Диссертацияда еӊ жаӊа қосық формалары ҳаққында да тоқталады. Бул жерде өзбек, қарақалпақ шайырларыныӊ қатарында Аннаберди Агабаевтыӊ қосықларыныӊ анализине кеӊ орын бериледи.
Улыўма айтқанда О.Гайлыева бул үш туўысқан халықтыӊ әдебият үлгилерин жақсы биледи. Бул оныӊ түркмен алымларының ҳәм шайырларыныӊ илимий ҳәм поэзиялық шығармаларынан өз орнында орынлы пайдаланғаны менен көзге тасланады. Бул диссертацияныӊ бизиӊ ушын еӊ әҳмийетли тәрепи, түркмен поэзиясыныӊ улыўма түркий, соныӊ менен бирге өзбек, қарақалпақ поэзиясы менен бирге теӊ раўажланып киятырғанын көрсетип береди.
Илимий кеӊестиӊ мәжлисинде өзбек-түркмен әдебий байланысларын Өзбекстанлы профессорлар Насимхан Раҳманов, Исламжан Якубов, Сапарбай Розымбаев, жумыстыӊ рәсмий оппонентлери – профессор Баҳадыр Каримов, филология илимлериниӊ докторы Зияда Утеповалар да өз сөзлеринде белгилеп өтти. Сондай-ақ, еки қоӊсы халықтыӊ мәмлекет басшыларыныӊ биреў-биреўге болған жақсы көз-қараслары, пикирлеўлери, беккемленип атырған дослық байланыслар, мүнәсибетлер ҳаққында кеӊ айтылып өтилди.
Огулбай Гайлыеваныӊ докторлық диссертациясыныӊ жақлаўына рәсмий оппонентлердиӊ биреўи ретинде мениӊ қатнасқаным ушын, мен де илимий жумыстағы түркмен әдебиятына тийисли пикирлердиӊ әдебиятлардыӊ улыўма раўажланыўына пайдалы екенлигин белгилеп көрсеттим.
Диссертацияларды жақлаў ҳәм илимий дәрежелерди бериў бойынша Кеӊес ағзалары «Ғәрезсизлик дәўири түркий халықлар лирикасында формалық изленислер ҳәм олардыӊ типологиясы (өзбек, қарақалпақ ҳәм түркмен әдебияты мысалында)» атамасындағы илимий жумысы ушын қарақалпақстанлы түркмен ҳаялы Огулбай Гайлыеваға филология илимлериниӊ докторы деген илимий дәрежени бериў ҳаққындағы қарарды барлығы қоллап-қуўатлады.
Ахмет Маммедов,
Түркменистан Илимлер Академиясыныӊ Мақтымқулы атындағы Тил, әдебият ҳәм миллий қолжазбалар институтыныӊ бас илимий хызметкери, филология илимлериниӊ докторы.
«Түркмен дүньясы» газетасы, Ашхабат қаласы,
2019-жыл, 25 июль, санында жәрияланған.
СҮЎРЕТТЕ: О.Гайлыева
