Пуқаралардың сайлаў ҳуқықын әмелге асырыў бойынша түсиниклер берилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2017-жыл  22-декабрьде  Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасында, мәмлекетимиз  сиясий турмысында үлкен аҳмийетке ийе болған сайлаў нызамшылығы бир қатар нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлеринен ибарат болса да, бирақ, елеге шекем бирден-бир ҳүжжет формасына келтирилмегенлигин айтып өтип, халықаралық норма ҳәм стандартларға жуўап беретуғын Өзбекстан Республикасының  Сайлаў  Кодексин  ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў ўазыйпасын койған еди.

Сайлаў кодекси  2019-жыл 25-июньда қабыл етилди. Кодекс 18 бап, 103 статъядан ибарат қурамда дузилген. Сайлаў тараўындағы 5 тийкарғы нызамлар  Сайлаў кодексине бирлестирилди.

Кодекске бир неше жаңа нормалар киргизилди. Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Экоҳәрекет ўәкиллери ушын квота ажыратыў институты, халық  депутатлары район(қала) кеңеслерине   өзин-өзи басқарыў уйымларынан талабан көрсетиў тәртиби бийкарланды.

Сонын менен биргеликте, сайлаўшылардың бирден бир электрон дизимин жүргизиў тәртиби нызамлы түрде тәртипке салынды, сиясий партиялар тәрепинен имза жыйнаўда сайлаўшылар тәрепинен бир қанша партияларды жақлап имза қойыў имканияты берилди.

Сайлаў участкаларында участка сайлаў комиссияларының даўысларын санаў ҳаққындағы баянламаның дәрҳәл жәмәәтшилик додалаўы ушын 48 сааттан кем болмаған ўақытқа илип қойыў тәртиби орнатылды. Сондай-ақ, пуқараларды өзин-өзи басқарыў уйымларына сайлаўларда бақлаўшы сыпатында қатнасыў ҳуқықы берилди.

Және, бир өзгерислердиң биреўи: сайлаўларда даўыс бериў ўақты 8:00 ден 20:00ге шекем етип белгиленди.

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде мине усы Сайлаў Кодексиниң мазмунын ҳәм әҳмийетин түсиндириў мақсетинде университеттиң 1-курс студентлери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажда юридика факультетиниң деканы, проф. Е.Қутыбаева, проф. З.Реймовалар сайлаўларға биринши марте қатнасатуғын талабаларға олардың ҳуқыкларын түсиндирип, олардың әмелге асырыў тәртиби, сайлаў ҳуқықларының кепилликлери менен кеңнен  таныстырды.

Ю.Абдреймов,

Юридика факультетиниң жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер