#Өзбекстан_улыўма_үйимиз Жоқары көтериңкилик руўхында өткерилди

Бүгин мәмлекетимизде миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, миллий мәдений орайлар менен ислесиўди және де раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Елимизде 130дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай дос ҳәм туўысқан болып жасап ҳәм мийнет етип атырғанлығы мәмлекетимизде диний кеңпейилликтиң, миллетлераралық татыўлықтың жақсы жолға қойылғанлығынан дерек береди.

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент-жаслар арасында профилактикалық илажларды күшейтиў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған «Өзбекстан – миллетлерара татыўлық ҳәм диний баўырыкеңлик журты» атамасындағы ушырасыў шөлкемлестирилди.

Оны университеттиң жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев басқарып барды.

Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң дин ислери бойынша қәнигеси Н.Жамалов ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Баянатшылардың атап көрсеткениндей, Өзбекстанда ғәрезсизлик жылларында көп миллетли халқымыздың бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, ҳәммеси ана Ўатанымыздың гүллеп-жаснаўы ушын тер төгип мийнет етип атырғанлығын, мәмлекетимизди раўажландырыў жолында қолға киргизип атырған табысларын мақтаныш пенен тилге арсақ арзыйды.

Елимизде жаслар арасында миллий ғәрезсизлик идеяларын, халқымыздың бай мәдений мийрасын ҳәм руўхый – әдеп икрамлылық дәстүрлерин, миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик идеяларын кеңнен үгит – нәсиятлаў, кеңпейиллик ҳәм инсаныйлық пазыйлетлерди беккемлеў, жаслардың санасында «Өзбекстан-улыўма үйимиз!» идеясының мазмун-мәнисин түсиндириўге қаратылған илаж жоқары көтериңкилик руўхында даўам етти.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер