Жаӊа нызам жойбары «Дебат клубы» ағзалары тәрепинен додаланды

Усы жылдыӊ сентябрь айында университетимиздиӊ юридика факультетинде «Дебат клубы» шөлкемлестирилген еди.

23-сентябрь күни «Дебат клубы» ағзалары, юридика факультети деканы Е.Қутыбаева, юридика факультети хуқықтаныў кафедрасы баслығы М.Нажимов, және де усы факультет оқытыўшысы И.Матжановлар катнасыўында жаӊа редакцияда ислеп шығылған Өзбекстан Республикасыныӊ «Билимлендириў хаққында»ғы нызам жойбары додаланды.

Әмелдеги «Билимлендириў  хаққында»ғы нызам 1997-жыл 29-августте қабыл етилген болып,  ол 5 бап 34 статьядан ибарат болған  болса, жаӊа редакциядағы нызам жойбары 12 бап 73 статья болыўы нәзерде тутылған. Жаӊа нызам жойбары ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис тәрепинен биринши оқыўдан өткерилген ҳәм де нәўбеттеги басқыштан өткерилиўге қаратылған.

 «Дебат клубы» ағзалары жаӊадан қабыллынып атырған бул нызамның жойбары менен жақыннан танысып шығып өзлериниӊ пикир ҳәм усыныслары менен белсене қатнасты.

Клуб ағзасы болған А.Арзымуратов  Нызамныӊ 27-статьясы (Жеке тәртиптеги педагогикалық искерлик) бойынша жеке тәртиптеги педагогикалық искерликти әмелге асырыўшы  шахсларға қарата қәнигелигин арттырыў талабын қойыў кереклигин, 14-статьясы бойынша  мектептен тысқары тәлим шөлкемлери ҳәм 10-статьяда көрсетилген кәсиплик тәлимниӊ интеграциясын, яғный өз ара байланысын тәмийинлеў кереклигин, және де 10-статьядағы «Жокары мектеплер» деген түсиникке  еле де анықлық киргизиў керек деген пикирлерди билдирген болса, және бир клуб ағзасы болған Х.Инаева нызамныӊ 9-статьясыныӊ 12 бөлиминде (улыўма орта ҳәм орта арнаўлы тәлим шөлкемлеринде топарлардағы билим алыўшылар саны 35 тен артық болмаўы лазым) көрсетилген билим алыўшылар санын еле де қысқартыў керек екенлигин, себеби билим алыўшылар бир топарда қаншели көбейген сайын олар менен ислесиў оқытыўшыларға қыйын болатуғынлығын ҳәм билим сапасы төменлейтуғынлығын айтып өтти.

Сондай-ақ, юридика факультети деканы Е.Қутыбаева нызамныӊ 3-статьясы, яғный тийкарғы түсиниклер деп аталыўшы бул статьядағы түсиниклер санын қысқартыў кереклигин, қалаберсе нызамды еле де системаластырыў кереклигин атап өтти. Додалаў соӊында  юридика факультети оқытыўшысы И.Матжанов жуўмақлаўшы пикирлерин билдирип,  ортаға тасланған усынысларды тийисли орынларға жибериў зәрүр екенлигин айтып өтти.

С.Утебаев,

ҚМУ 1-курс магистранты.

Пайдалы дереклер