Жақында ҚМУ Қурылыс факультетинде биринши курсқа қабыл етилген студентлер менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўға “КК Горсельпроект” ЖШЖ бас инженери Пердебай Жақсымбаев қатнасып, инженерлик коммуникациялар қурылысы кәнигелиги бойынша оқыўға қабыл етилген 1-курс студент-жасларына өзиниӊ мәсләҳәтлерин берди.
Ушырасыў саўал-жуўап тәризинде өткерилип, студент-жаслар өзлериниӊ қызықтырған саўалларына жуўаплар алды.
С.Нурниязов,
Факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.
