Эразмус+ бағдарламасының регионаллық мәлимлеме семинары

Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўалаятында жайласқан жоқары оқыў орынлары ушын Европа Аўқамының Эразмус+ бағдарламасының мәлимлеме семинары болып өтти.

Оған республикамыздағы ҳәм Хорезм ўалаятындағы жоқары оқыў орынларының ўәкиллери қатнасты.

Мәлимлеме семинарын университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов ашты ҳәм алып барды.

Дәслеп Эразмус+ Миллий офисиниң жойбарлар басқарыўшысы Гүлшада Қарлыбаева гезектеги Эразмус+ бағдарламасы шеңбериндеги «Жоқары билимлендириўде имканиятларды кеңейтиў», «Халықаралық кредит мобиллик», «Биргеликтеги магистрлик бағдарламалар» жойбарлары бойынша кең мағлыўматлар берди.

Буннан соң, Эразмус+ Миллий офиси қасында шөлкемлестирилген жоқары билимлендириўди жетилистириў бойынша экспертлер топарының ағзасы, ҚМУ доценти Бахытбай Палуанов «Жоқары билимлендириўде халықаралықласыў ҳәм Болонья ҳәрекети» деген темада презентация иследи.

Буннан соң, Қарақалпақстанда исленип атырған жойбарлар туўралы, ҚМУдан Саламат Әбдиреймов (EPCA  жойбары), Яхшымурат Худайбергенов (DSinGIS жойбары),  Бахытбай Палўанов (GREB, DECIDE жойбарлары туўралы), Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан Асия Төрениязова (RUECVET жойбары ҳақында), Ташкент мәмлекетлик медицина-педиатрия институтының Нөкис филиалынан Роза Нарымбетова (TechReh жойбары ҳаққында), Ташкент мәмлекетлик аграр университетинен Алмагүл Халықназарова (BUzNet жойбары) ҳәм Үргенш мәмлекетлик университетинен келген проект ўәкиллери Ғайрат Уразбаев (CLASS жойбары), Музаффар Мәтжановлар (EPCA жойбары) өзлери орынлап атырған жойбарлар ҳаққында есабатларын қатнасыўшылар дыққатына усынды.

Түстен соң, мәлимлеме семинары және де даўам етти. Студентлер менен оқытыўшыларға халықаралық кредит мобиллик бойынша мағлыўматларды Миллий офистиң жойбарлар меңгериўшиси Гүлшада Қарлыбаева жеткерди. Өзи қатнасқан ҳәм ислеп атырған кредит мобиллик жойбарларының имканиятлары бойынша экспертлер топарының ағзасы Б.Палуанов жыйналғанларға тәжирийбелерин бөлисти. Мәжилис сораў-жуўап формасында болып өтти.

Б.Палуанов.

Пайдалы дереклер