#Дыққат_дағаза   “Стартап-басламалары” жаслардыӊ инновациялық идеялары ҳәм стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў бағдарламасының биринши басқышы

Жаслардыӊ интеллектуал ҳәм дөретиўшилик қабилетин жүзеге шығарыў, имканиятларын және де арттырыў, олардыӊ инновациялық идеяларын ҳәм бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў, раўажландырыў ҳәм тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеӊеси, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Өзбекстан саўда-санаат палатасы ҳәм де Дәстүрий тәмийинлеў өнимлери ҳәм информациялық технологиялар парки (IT-парк) пенен биргеликте Бирлескен миллетлер шөлкеми раўажланыў бағдарламасының “Өзбекстанда жаслар бәнтлигине көмеклеси” қоспа жойбарлары тийкарында “Стартап-басламалары” жаслардыӊ инновациялық идеялары ҳәм стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў бағдарламасының биринши басқышы ушын усы жылдыӊ 3-октябрь күни саат 14:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында өткерилиўи режелестирилген.

«Стартап-басламалары» жаслардыӊ инновациялық идеяларын ҳәм стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў бағдарламасын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша қосымша

 МАҒЛЫЎМАТЛАР

          Бағдарлама ҳаққында толық мағлыўмат алыў ушын ислеп шығылған сайт ҳәм де социаллық тармақлардағы мағлыўмат ҳаққында:

         Бағдарламаның мақсет ҳәм ўазыйпалары, арза жибериў ҳәм қатнасыў тәртиби, таӊлаў шәртлери ҳәм бағдарламада қатнасыў шәртлерин түсиндириў, сондай-ақ, кеӊ көлемде қатнасыўшыларды тәмийинлеў мақсетинде үш тилде бағдарламаның веб-сайты http://startup.mehnat.uz ислеп шығылған;

         Дағаза ҳәм информациялық бетлери ислеп шығылған ҳәм олар https://www.bit.lv/2II9t3m арқалы жүкленеди;

            Telegram канал: https://t.me/startup_initiatives;

         Facebook социаллық тармағы https://www.facebook.com/startupuzb

         Бағдарламаға жасларды кеӊ қамтып алыў ҳәм белсене қатнасыўын тәмийинлеў, жаслардыӊ, әсиресе, жас ҳаялқызлардыӊ перспективалы инновациялық идеяларын ҳәм бизнесжойбарларын излеп табыў ҳәм қамтып алыў мақсетинде, жоқары оқыў орынларында бар болған Telegram каналлары ҳәм социаллық тармақлар арқалы жоқарыдағы тармақлар ҳаққындағы мағлыўматларды кең тарқатыў мақсетке муўапық.

         Сыйлықлаў:

         Еӊ жақсы жойбарлар, командалар бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәм режедеги инвесторлар қатнасыўында өткерилетуғын жуўмақлаўшы илаж-«Demo day» өз жойбарларын усыныс етиў имканиятына ийе болады. Бағдарлама жуўмағы бойынша ең жақсы жойбарлар командалары жойбарларын әмелге асырыў ушын хошаметлеўши саўғалар ҳәм де
50 миллион сўм мақсетли бийғәрез пул саўғасы бериледи.

 

[pdf-embedder url=»https://old.karsu.uz/wp-content/uploads/2019/09/Стартап-1.pdf»] [pdf-embedder url=»https://old.karsu.uz/wp-content/uploads/2019/09/Стартап-2.pdf»]

Пайдалы дереклер