Нураный устазлар менен ушырасыў

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети математика факультетинде 1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар куни» байрамы мүнәсибети менен салтанатлы ушырасыў кешеси болып өтти.

Кешени  факультет деканы доц. Ж.Сейпуллаев басқарып барды.

Ушырасыў кешесинде факультеттиң 1-курс студентлери нураный устаз профессор-оқытыўшылар менен ушырасып, устазларының баҳалы үгит-нәсиятларын тыңлаўға миясар болды.

Кеше соңында студентлер өзлери таярлап келген қосық қатарларын оқып берип,  устазларын байрам менен қызғын қутлықлады.

К.Бегжанова,

Факультет ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы.

Пайдалы дереклер