Дағаза!

Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси бир қатар шөлкемлер менен биргеликте жаслардың интеллектуал ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў имканиятларын және де жақсылаў, олардың инновациялық идеялары ҳәм бизнес-режелерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) Раўажландырыў Бағдарламасының “Өзбекстан жаслар бәнтлилигине көмеклесиў” қоспа жойбары көмегинде “Стартап-басламалары” жаслардың инновациялық идеялары ҳәм стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў бағдарламасының жаңа төртинши мәўсими әмелге асырылмақта.

Бағдарламаның мақсет ҳәм ўазыйпалары, арза жибериў ҳәм бағдарламада қатнасыў тәртиби, таңлаў қағыйдалары ҳәм қатнасыў баскышлары http://startup.mehnat.uz веб-сайтында жайластырылған.

Соннан келип шығып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери ҳәм жас алымлары өз инновациялық идеялары ҳәм стартап жойбарлары менен таңлаўда қатнасыў мүмкиншиликлерине ийе.

Мүддет: 2019-жыл 16-октябрь күнине шекем.

Пайдалы дереклер