Радио қәлбимде әллеқандай сезимди оятты…

Әмелият-бул теориялық билимлеримизди еле де жетилистиретуғын ҳәм сыннан өткеретуғын орын. Бул процесс бизлерди  келешекте өз кәсибимиздиң жетик қәнигеси болыўға жәрдем береди. Себеби, бизлер журналистика тәлим бағдарында оқып атырған болсақ, усы кәсип ийелери не ислеў керек екенлигин әмелият даўамында ҳәр қыйлы объект орынларына барып ғана үйренемиз. Тек теория менен ғана шекленип қалып,  өзимиздиң алып атырған билимлеримизди сыннан өткермесек келешекте жумыс орнында өзимиз бираз қыйын аҳўалға түсеримиз анық.

Бизлер устазларымыздан үш жыл даўамында үйренген билимлеримизди ҳәзирги ўақытта өзимиз таңлаған өндирис орнында сыннан өткерип, билмегенлеримизди әмелияттағы басшы устазларымыздан үйренип атырмыз. Топарымыз бенен биргеликте өзлеримиздиң қәлеўимизге бола, республикамыздағы ғалаба хабар қуралларына сегиз ҳәпте даўамында әмелият өтеў мақсетинде өндирис орынларына  бекитилдик.

Мен өндирислик әмелиятымды Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында алып барыўды мақул көрдим. Себеби, 1-курс жуўмағында танысыў әмелиятымды белгили басылымлардың бири болған «Еркин Қарақалпақстан» газетасында устазым Сағындық Жаниев, 2-курс жуўмағында Қарақалпақстан телевидениесинде устазым Улбоған Еримбетова, 3-курс жуўмағында жаслардың жәмийетлик-сиясый газетасы болған «Карақалпақстан жаслары» газетасында устазым Гүлнара Тудышовалар басшылығында өтеген едим. Бул жерде мен тәжрийбели журналист Феруза Қожықбаеваға бекитилдим.

Мине, әмелиятта жүргенимизге де бир айға шамалас ўақыт болып қалыпты. Усы ўақыт даўамында устазым жалықпастан бар билгенлерин маған үйретип келмекте. Атап айтқанда, радиодағы журналистлердиң  күнделикли жумыс барысын, еситтириўге текст таярлаў, респондент пенен сәўбет алып барыў, мазмунлы сораў дүзиў, ең тийкарғысы, жәмийеттиң арасында жүрип, олардың пикир-усынысларын тыңлап, машқалаларын мақала етип жазып  еситтириўде сәўлелендириў. Мени устазым сәўбет алып келиўим ушын ҳәр қыйлы объект орынларына жибереди. Әне, усы ўақытта мен өзимди ҳақыйқый журналисттей сезинип кетемен. Себеби, мен барған жерлеримде журналистке деген ҳүрмет жүдә жоқары. Хәттеки, мен еле әмелиятшыман десем де маған деген олардың итибари бәлент. Усындай ўақытлары мен журналистика тараўын таңлағанымнан қуўанаман.

Мен баспасөз ҳәм телевидениеде әмелиятта болдым. Бирақ, қәлбимде  ҳәзиргидей өзгеше бир сезим болмады. Бунда әмелиятшы устазымның да айрықша орны бар. Усы күнге шекем ғалаба хабар қуралларының кайсы тараўын таңласам екен, деп ойланып жүретуғын едим.

Енди ҳеш екиленбестен радионы таңлайман…

Айнура Алишова,

Журналистика тәлим бағдары 4-курс студенти.

Пайдалы дереклер