Семинар сораў-жуўаплар менен даўам етти

Инглис тилин үйретиў ҳәм оқытыў тараўында турақлы бирге ислесиў, университет студентлери ҳәм жас оқытыўшыларға инглис тилин үйретиў усыллары ҳәм принциплери бойынша өз-ара пикир алмасыў ҳәм инглис тилинде сөйлесиў қәбилетлерин раўажландырыў бойынша семинарлар алып барыў бүгинги күнде әҳмийетли машқалалардың бири болып есапланады.

Университеттиң факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының ESP «ENSРIRE-U project» жойбары тренерлери ҳәм кафедра оқытыўшылары усы жылдың  11-октябрь күни «Organizing studenrs’ self-study work» деген темада  гезектеги  семинар-тренинг алып барылды.

Оған инглис тили профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.

Семинар өз ара сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Д.Кубейсинова,

Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының баслығы.

Пайдалы дереклер