Шет тиллерин үйрениў ­– дәўир талабы

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде шет тиллерин үйрениў ҳәм үйретиў мәселесине үлкен дыққат-итибар қаратылып келинбекте. Президент мектеплери, шет тиллерине бағдарланған мектепке шекемги билимлендириў мекемелери ҳәм арнаўлы мектеплердиң шөлкемлестирилиўи – бул тараўда исленип атырған көзге көринген жумыслардан есапланады.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де бул бағдарда университет басшылығының басламасы менен бир қанша әмелий жумыслар исленип атыр.

Айтыў керек, шет тиллери факультетинде усы оқыў жылынан баслап япон ҳәм қытай тиллери екинши шет тили сыпатында оқытыла басланды. Бакалаврда тәлим тили қарақалпақ тили болған 5611500 – Гид ҳәм аўдарма хызмети бағдары бойынша студентлер қабылланды. Немис тили бөлимине өзбек топары ашылды.

Магистратура қәнигеликлери бойынша 5 А 120101 Әдебияттаныў – рус әдебияты ҳәм  5А 120102 Лингвистика – немис тили қәнигеликлери ашылды.

Буған қосымша, университет бойынша кореец, япон ҳәм қытай тиллери бойынша дөгереклер өз жумысын баслаў алдында турыпты. Университет бойынша барлық бағдарларда қәлеўшилер ушын шет тили сыпатында немис ҳәм кореец тиллерин оқытыў мәселеси көрилмекте.

Әлбетте, булардың бәршеси келешегимиз болған жаслардың шет тиллерин жақсы өзлестириўи ушын әмелге асырылмақта.

Р.Сапарниязов,

Шет тиллери факультетиниң декан орынбасары.

Пайдалы дереклер